Мəлимлеме ҳəм ғалаба коммуникациялар
агентлигиниң пресс-холында болып өткен «Медиада жеке мағлыўматларды қорғаў:
ҳуқықый ҳəм əдеп-икрамлылық нормалары» темасындағы баспасөз конференциясында
Мəлимлеме ҳəм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры Асаджон Хўжаев өз пикирлерин
билдирди:
«Мəлимлемени жеткерип бериў талабы менен
биргеликте шахстың ҳуқықларын қорғаў талапларын да орынлаў керек. Оперативлик
пенен бирге шахсқа зыян жеткермеў, оның ҳуқықларын қорғаў бойынша комлексли
ис-илəжларды əмелге асырыўымыз керек.
Ɵйткени бизде сондай жағдайлар ушыраспақта,
айрым ҳалларда мəлимлемени жəриялаў ҳəрекетинде тиккелей шахсқа тийисли
мағлыўматлар əшкəраланбақта. Бундай жағдайлар сол шахсқа зыян жеткермекте.
Бизде шахсқа тийисли мағлыўматларды қорғаў бойынша нызамда белгиленген талаплар
бар. Бирақ бул талаплар орынланбай атыр.
Оның ушын не ислеўимиз керек? Бəринен бурын
нызамшылықтағы талаплар нелерден ибарат?
Жеке өмир бар ҳəм сөз еркинлиги бар. Ортадағы шегара қаерден өткен?
Қайсы тəреплерге итибар бериўимиз керек?
Усы мəселелерге биз сизлерге жуўап табыўға
ҳəрекет етемиз. Бизге бул мəселелерди таллаўда Әдиллик министрлиги ҳəм оның
жанындағы арнаўлы Орай хызметкерлери жəрдем береди».
Сондай-ақ, Асаджон Хўжаев өз сөзинде ҒХҚ хызметкерлери, журналистлер медиа-мəканда өз ҳуқықлары, ҳəр қыйлы жағдайлар бойынша пикирлери менен бөлисип, усы пикирлер бойынша тəжирийбели юристлер, адвокатлардың шешимин алып барыўы ушын жаңа платформа жаратылыўы –арнаўлы веб-сайт ашылыўы ҳаққында айтып өтти.
«Бул бойынша Әдиллик министрлиги менен бирге
ислесиўди режелестирип қойдық. Бул жерде тəжирийбели ҳуқықтаныўшылардың, атап
айтқанда əйне медиа бағдарындағы юристлердиң видеороликлери, сораўларға берген
жуўаплары ҳəм пикирлери жайластырып барылады.
Бириншиден, бул ресурстан 24 саат пайдаланыў
имканияты болады. Екиншиден белгили бир мəселе ямаса сораўлы жағдай бойынша
юрист тəрепинен берилген түсиник, шешим сол бетте турады. Оны көширип алыў ҳəм
пайдаланыў имканияты жаратылады.
Бул арқалы ҒХҚ ўəкиллериниң ҳуқықый саўатлылық
дəрежеси артады ҳəм билими күшейеди. Сондай-ақ, мəмлекетлик басқарыў
уйымлардағы ҒХҚ ўəкиллери менен ислесиўши қəнигелер, мəлимлеме хызметлериниң
нəтийжели ислеўине жəрдем береди.
Аўдарма: ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети