Елликқала районында 2020/2022-жылларда
587 млрд сум муғдарындағы 96 жойбарды əмелге асырыў режелестирилген болып олар
тийкарынан киши кəрханалар, ыссыхана ҳəм турзим тараўын раўажландырыў менен
байланыслы.
Атап айтқанда, Эстония мəмлекети
менен биргеликте медициналық бинт ҳəм марля ислеп шығарыўшы киши кəрхана қурыў ҳəм
2021-жылдың октябрь айына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Сондай-ақ, 2021-жылдың декбрь айына
шекем қубла Корея менен биргеликте күнине 400 тонна ал, жылына 120 мың тонна
ҳак ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған кəрхананы қурып пайдаланыўға
тапсырыў режеге киргизилген.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме
хызмети