22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң медицина тараўы хызметкерлерине байрам қутлықлаўы


Ҳүрметли шыпакерлер ҳәм медицина тараўы хызметкерлери!

Ең дәслеп, өз өмирин халқымыздыӊ саламатлығын қорғаўға бағышлап, бул жолда садықлық ҳәм пидайылық үлгилерин көрсетип атырған Сизлерди кәсиплик байрамыӊыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен қызғын қутлықлаймыз.

Елимизде халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиӊ сапасын арттырыў ҳәм емлеў орынларын көбейтиў, тараўда жеке секторды раўажландырыў, медициналық мәкемелерди зәрүрли дәри өнимлери ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, бирлемши медициналық санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелериниӊ жумысларын түп-тийкарынан жақсылаў бағдарында кеӊ көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Бунда әлбетте, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилиўи, тараўда жүргизилип атырған реформалардыӊ және де тереӊлесиўи турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, бүгинги байрам алдынан Ҳүрметли Президентимиздиӊ тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында ҳәмде жақында ғана болып өткен видеоселектор мәжилисинде медицина хызметкерлерине жоқары исеним билдирилиўи менен бирге, халықтыӊ саламатлығын қорғаў хызметлерин түп-тийкарынан жаӊалаў, аўыллық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаӊарақлық поликлиникалардыӊ жумысларын раўажландырыў, бирлемши медициналық хызмет көрсетиў шыпакерлерине мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, тараўдың кадрлар потенициалын күшейтиў менен байланыслы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қәдирли дослар!

Быйылғы жылы дүнья жүзинде кең тарқалған коронавирус инфекциясы бәршемизге инсан саламатлығын ҳәм өмирин сақлаўда медицина хызметкерлериниӊ мийнетлери қаншелли дәрежеде бийбаҳа екенлигин және бир мәрте дәлиллемекте.

Өз өмирин ҳәм денсаўлығын қәўип астына қойып, бар билим  ҳәм тәжирийбесин халқымыздыӊ саламатлығын қорғаўға, қәстелерге шыпа бағышлаўға сарыплап, мәртлик үлгилерин көрсетип атырған медицина хызметкерлериниӊ оғада машақатлы ҳәм ийгиликли ислерин жоқары баҳалаймыз.

Өзлериӊизге белгили, елимизде ҳәр жыл сайын медицина тараўыныӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў системасын жедел раўажландырыў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине жоқары итибар қаратылып келмекте.

Быйылғы жылда инвестиция бағдарламасына муўапық ҳәмде жергиликли бюджет қаржылары есабынан 18 денсаўлықты сақлаў объектинде 38 миллиард сўмға жақын қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылған болса, медициналық мәкемелерди зәрүрли әсбап-үскенелер ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў мақсетинде 23 миллиард сўмнан аслам қаржы ажыратылды.

Әсиресе, коронавирус пандемиясы халқымыздыӊ саламатлығына қәўип салған быйылғы жылда медициналық мәкемелерге жаӊадан жасалма дем ҳәм кислород бериў аппаратлары, кислород концентраторлары менен кислород баллонларын сатып алыўға айрықша итибар қаратылды. Бул ийгиликли иске халқымыз пидайылары менен исбилерменлеримиз де бийғәрез үлес қосқанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз.

Әлбетте, булардың барлығы елимизде ең жоқары байлық болған инсан саламатлығын қорғаў, коронавирус инфекциясынан қысқа ўақыт ишинде қутылыў, халқымыздың турмыс абаданлығын турақлы услап турыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлейди.

Ҳүрметли медицина тараўы хызметкерлери!

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, халық ийгилиги жолындағы оғада жуўапкершиликли, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда табыслар тилеймиз!

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеӊеси

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеӊеси