Усы жылдыӊ 7-ноябрь күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы триатлон Федерациясын шөлкемлестириў бойынша конференция болып өтти.
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы
триатлон Федерациясы баслығы лаўазымына Камалов Алибек Султанбекович -
Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниӊ
орынбасары – сайланды. Федерация баслығыныӊ орынбасары - атқарыўшы директор
лаўазымына Турсынов Бекзад Жумабаевич, Бас хаткер лаўазымына Абдреимов Улугбек
Тимурович тайынланды. Буннан тысқары, шөлкемниӊ уставы, атқарыўшы кеӊесиниӊ ҳәм
қадағалаў-ревизиялаў комиссиясыныӊ қурамы тастыйықланды.
А.Камалов өз сөзинде жаӊадан дүзилген
Федерация тәрепинен Олимпия ойынлары дәстүрине киретуғын триатлонды раўажландырыў нийетинде екенлигин, келешекте
спортшылардың халықаралық жарысларда республиканы жоқары дәрежеде көрсетиў мақсетинде атлетлерди таярлаў ушын
материаллық-техникалық ҳәм оқыў-шынығыў базасы жаратылады деп атап өтти.