Усы жылдыӊ 7-ноябрь күни халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң
гезексиз жигирма екинши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда халықтыӊ саламатлығын қорғаў, аўыл халқыныӊ турмыс шараятын
жақсылаў, районда шарўашылықты раўажландырыў, бул бағдарда жумыс алып барып
атырған исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў, жәрдемге мүтәж шаӊарақларды
қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине
айрықша итибар қаратылды.
Сессияда усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы
комитетиниӊ баслығы лаўазымында ислеп келген Утамбетов Узақберген
Тилеўимбетович Қараөзек районы ҳәкими лаўазымына тайынланды.
Өз гезегинде У.Утамбетов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм
тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, коронавирус
пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық
қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға,
исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға
жумсайтуғынлығын билдирди.
Усыныӊ менен халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезексиз жигирма
екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети