Бүгин ҳәм ертең республикамыз
аймағы қубла-батыстың жыллы ҳаўа ағымлары тәсиринде болады. Көпшилик жерлерде
ҳаўа алағат бултлы болады, температура климатлық нормалардан 4-6 градусқа
жоқары болады. Күндизги температура 22-27 градус, түнде 4-9 градус дөгерегинде
болады.
«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше,
8-ноябрь күни республикамыз аймағына Кавказ тәрептен суўық ҳәм ығал ҳаўа ағымы
кирип келеди. Күн даўамында бул ағым республикамыз бойлап тарқалады. Кешке
қарай Өзбекстаннан орайлық аймақларына өтеди. Бул процессте республикамызда
бултлылық дәрежеси артады. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм
Наўайы ўәлаятларында айрым орынларға жаўын жаўыўы күтиледи.
Екшемби күни күндизги температура
бираз төменлейди. Республикамыз аймағында температура 8-13 градус болады.
Келеси ҳәптениң басында суўық қайтып, түнги температура 0-5 градус жыллы,
күндиз 10-15 градус дөгерегинде болады.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.