“Инновациялық идеялар жетекшиси” көкирек белгиси менен мәмлекетимиздеги бир қатар тараў
қәнигелери, илимпазлар ӽәм жаслар сыйлықланды.
Қарақалпақстан
Республикасынан Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы "Компьютер инжиниринги"
факультети деканы т.и.д., Куўанышбай Сейтназаров мине усы көкирек белгиси менен
сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, “Инновациялық идеялар жетекшиси”
көкирек белгиси Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жоқары оқыў орынларында
билимлендириў сыпатын жақсылаў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған
кең көлемли реформаларда белсенди қатнасын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарары
ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Инновациялық идеялар
жетекшиси” көкирек белгисин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары
тийкарында шөлкемлестирилген. Быйылғы жылы Республика шеңберинде 428 жойбар
көрип шығылып, олар арасынан жәми 14
тараў қәнигелери, илимпазлар, жаслар ылайық деп табылып “Инновациялық идеялар
жетекшиси” көкирек белгиси менен
сыйлықланды.
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети