Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ҳəм
Хожели районында терек егиў акциясы болып өтти. Оған Ɵзбекстан Республикасы Бас министриниң
орынбасары Шуҳрат Ғаниев, Ɵзбекстан Аўыл хожалығы министриниң биринши
орынбасары Шуҳрат Тешаев, Тоғай хожалығы мəмлекетлик комитети баслығы Низомиддин
Бакиров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ
Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары
Жусипбек
Казбеков, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Сабир Хожаметов сондай-ақ, аўыл хожалығы хызметкерлери менен
бирге белсенди жаслар қатнасты.
Бул акцияны өткериўден мақсет Қарақалпақстан
Республикасы аймағындағы көшелерде ҳəм дем алыў орынларында декоратив тереклер менен мийўе нəллерин ғалаба
түрде егиў сондай-ақ, оларды тəрбиялаў мəдениятын қəлиплестириўге қаратылған.
Республикамыздың көркине көрк берип турған
декоратив тереклерди асыраў, оларды тəрбиялаў бəршемиздиң ўазыйпамыз. Соның
менен бирге тəбият нызамларына əмел етиўимиз шəрт. Мəселен бир ғана теректи
кескен адам экологияға қанша зыян жеткергенин сезиниўи керек, өйткени бир
теректиң кесилиўи кислородтың белгили дəрежеде кемейиўине алып келеди.
Сондай-ақ, Хожели районы «Саманкөл» АПЖ «Шукириллаева Толғанай» фермер хожалығында көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Онда аўыл хожалығы механизаторларына еки миллион сўм қаржылай ҳәм азық-аўқат өнимлери тарқатылып хошаметленди.
Соның менен бирге қатнасыўшылар
үй алды қыйтақ жеринен үнемли пайдаланып, қосымша төрт пуқараның бәнтлигин
тәмийнлеп отырған Хожели районы «Шағалакөл» МПЖ турғыны Нурымбетов Қалныяздың
шаңарағында болып, оның дийқаншылығы менен танысты.
ҚР Министрлер Кеңеси
Мəлимлеме хызмети