Бүгин, 5-ноябрь күни Қоңырат районындағы “Түркистан” мәкан пуқаралар жыйынында “Жаслар-мийнет гүзары” комплекси ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға район ҳәкими орынбасары Ж.Сейтмуратов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қоңырат районы бөлими баслығы А.Мамутов, сектор басшылары ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июнь күнги ПП-5466-санлы Пәрманына тийкар “Yoshlar-kelajagimiz” мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында жас исбилермен, “Qonirat jaslari” ЖШЖ баслығы Янгибаев Алишерге район ҳәкиминиң 2018-жыл 23-июнь күнги 874/7-санлы қарaры менен район аймағынан “Жаслар-мийнет гүзары” комплексин шөлкемлестириў ушын 0,34 гектар жер майданы ҳәм 500 млн сўм жеңиллетилген кредит ажыратылып берилген еди.
Қысқа мүддет ишинде қурылыс жумыслары тамамланып оқыў орайы ҳәм автомобиллерге техник хизмет көрсетиў шақапшалары иске тусти. Жаңа комплексте 10 жастың бәнтлиги тәмийинленди.