2020-2022 жылларда Нөкис қаласы кесиминде улыўма муғдары 882 млрд 624 млн сўм болған, 1 639 жаңа жумыс орнын жаратыўшы, 181 жойбар иске түсиўи режелестирилген.
Соннан, тараўлар кесиминде:
- санаат тараўында – 401 млрд 46 млн сўм болған, 60 жойбар
болып, 637 жаңа жумыс орны;
- хызмет көрсетиў тараўында – 425 млрд 618 млн сўм болған,
112 жойбар болып, 896 жаңа жумыс орны;
- аўыл хожалығы тараўында - 55 млрд 960 млн сўм болған, 9
жойбар болып, 106 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген.
Қалада инвестициялық дәстүр шеңберинде 2020-жылы улыўма
муғдары
172 млрд 333 млн сўм болған, 75 жойбарды иске түсириў
ҳәм 659 жаңа жумыс орнын жаратыў көзде
тутылмақта. Олардың тийкарғы жойбарлары “Prime medical group” ЖШЖ тәрепинен
«Халыққа хызмет көрсетиўды шөлкемлестириў», “Қарақалпақ балық санаат” ЖШЖ тәрепинен – «Балықшылықты раўажландырыўды
шөлкемлестириў», «Үй жай қурылыс» ЖШЖ тәрепинен – «Nukus city қурылысының
техникалық базасын қәлиплестириў» жойбарлары менен әмелге асырылады.
Нөкис қаласы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети