Арал теңизи
машқаласы тек бир мәмлекет яки аймактың емес, пүткил дүньяның машқаласы болып
табылады. Сол себепли елимизде Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў
бағдарындағы басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге
ислесиўге кең жол ашылды.
Өзбекстанның
Франциядағы елшиханасы ҳәм Францияның Әмелий геосиясий изертлеўлер институты
менен биргеликте шөлкемлестирилген иләж даўамында франциялы илимпазларга
экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бағдарында елимизде алып барылып
атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Арал теңизиниң қурыған
түбиндеги шорланған жерлерде экосистеманы жақсылаў ҳәм турақлы турмыс тәризин
жаратыў мақсетинде халық аралық шөлкемлер менен инновацияларды ислеп шығыў ҳәм
ен жайдырыў бағдарында жолға қойылған кең көлемли жумыслар бойынша илимпазлар
өзлерин қызыктырған сораўларына жуўаплар алды.
Өткерилген
сәўбетлесиў кешеси қатнасыўшыларға бирге ислесиў бағдарларын белгилеў,
сондай-ақ, БМШның бас ассамблеясының резолюция жойбарын таярлаў механизмлерин
додалаў мүмкиншилигин берди. Атап өтилгениндей, Арал бойы аймағында
турғынлардың жасаўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бирге ислесиўден гөзленген
баслы мақсет болып табылады.