Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны
2020-жыл 1-октябрь жағдайына 1916,1 мың адамды қурап, 2020-жыл басынан
17,8
миң адамға ямаса 0,9
% ке өсти.
Соннан, қала халқы саны 938,6 мың адамды (жәми халық санындағы
үлеси 49,0 %), аўыллық жердеги халық саны 977,5 мың адамды (51,0 %) қурады.
2020-жылдың
январь-сентябрь айларында 28,2 мың бала туўылған болып (бул жерде ҳәм буннан
кейин туўылғанларға тек ғана тири туўылғанлар инабатқа алынған), сәйкес түрде
1000 халыққа салыстырғанда туўылыў коэффициенти 19,8 промиллени қурады ҳәмде
2019-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,0 промиллеге кемейгенлиги (2019-жылдың
январь-сентябрь айларында 20,8 промилле болған) бақланды.
2020-жылдың
январь-сентябрь айларында ПХАЖ органлары тәрепинен 7,3 мың неке дизимге алынды,
сәйкес түрде 1000 халыққа салыстырғанда неке дүзиў коэффициенти 5,1 промиллени
қурады.
2020-жылдың
январь-сентябрь айларында ПХАЖ органлары Тәрепинен 0,8мың некеден ажырасыўлар
дизимге алынған болып, сәйкес түрде
1000 халыққа
салыстырғанда некеден ажырасыў коэффициенти 0,5 промиллени қурады.
2020-жыл январь-сентябрь айларында республика
бойынша көшип кеткенлер саны 8,6 мың адамды (7,7 мың адам республика
аймақларынан 0,9 мың адам сырт ел
мәмлекетлерине) қурады.
Миграция салдосы: 2020-жыл
январь-сентябрь айларында миграция салдосы минус 3305 адам болып, 2019-жылдың
сәйкес дәўиринде минус 3187 адам
болған.
Пайтахттағы демографиялық жағдай: Қарақалпақстан Республикасы пайтахты Нөкис қаласының
турақлы халық саны 2020 -жыл 1-октябрь жағдайына 322,8 мың адамды қурап, 2020-жыл
басынан 3,2 мың адамға яки 1,0 % ке өскен.
2020-жылдың
январь-сентябрь айларында 4,5 мың бала туўылған болып, сәйкес түрде туўылыў
коэффициенти 1000 халыққа салыстырғанда 18,7 промиллени қурады ҳәм 2019-жылдың
сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,4 ке (2019-жылдың сәйкес дәўиринде 17,3
промилле болған) өсти.
ПХАЖ
органларында 2020-жылдың январь-сентябрь айларында 1,1 мың неке ҳәм 0,2 мың
некеден ажырасыўлар дизимге алынды. 1000 халыққа салыстырғанда неке дүзиў
коэффитциенти 4,7 промиллени қурап, 2019-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда
3,3 ке кемейди (2019-жылдың сәйкес дәўиринде – 8,0 промилле болған).
Некеден
ажырасыў коэффициенти 1000 халыққа салыстырғанда 0,7 промиллени қурап, 2019-жылдың
сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,3 ке кемейди. (2019-жылдың сәйкес дәўиринде 1,0
промилле болған).
Қарақалпақстан
Республикасы Статистика басқармасы демография ҳəм мийнет статистикасы бөлими
баслығы
Қанат Сигаев