Буннан 74 жыл бурын (1946 ж)
Бирлескен
Миллетлер Шөлкеми тәрепинен Мәмлекетлер аралық
жаңа шөлкем – ЮНЕСКОға тийкар салынған.
ЮНЕСКО билимлендириў,
илим ҳәм мәдениятты раўажландырыў арқалы
халықлардың бирге ислесиўине жəрдемлесиўди өз алдына мақсет етип қойған.
Миллий
мәдениятларды үйрениў, қоршаған орталық
ҳәм мәдений естеликлерди қорғаў сондай-ақ, басқа сол сияқлы кең
орталықтағы мәселелердиң орынланыўында
усы шөлкемниң орны гиреўли.
Шөлкем тәрепинен дүзилген Жәҳән мийрасы дизимине жер жүзиндеги 830 тәбиғый ҳәм
мәдений обьектлер, соның ишинде,
мәмлекетимиздеги ең əййемги естеликлер киритилген (2006).
Шөлкем
дизимине кирген мәдений мийраслар дүнья көлеминде қорғаўға алынады ҳәм
үйрениледи.
Солай екен,
мәмлекетимиздеги ҳәр бир архитектуралық обьектти асыраў арқалы биз дүнья
мәдениятын сақлап қалыўға өз үлесимизди қосқан боламыз.
Аўдарма:ҚР Министрлер
Кеңеси Мəлимлеме хызмети