Кегейлиши жас исбилермен Тимур Мамутов районда аяқ кийим ислеп шығарыўды жолға
қойды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Исбилерменниң айтыўынша, ҳәзирги ўақытта 5 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген.
Ислеп шығарылып атырған аяқ кийимлерди дәслеп район базарында, кейин ала Шымбай
районында сатыўды жобаластырып отыр.
- Жумысларымызды алдағы ўақытлары кеңейтиў нийетиндемиз. Аяқ кийимлердиң баҳасы
ҳәм сапасы халқымыздың кеўлинен шығады деп үмит етемиз, - дейди жас исбилермен
Т.Мамутов.
Ислам Матеков