22.12.2024, Екшемби

ҚАНЛЫКƟЛ РАЙОНЫНДА ХАЛЫҚТЫҢ АЗЫҚ-АЎҚАТ ƟНИМЛЕРИНЕ БОЛҒАН ТАЛАБЫН ҚАНААТЛАНДЫРЫЎ БАҒДАРЫНДА ƏМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫП АТЫРҒАН ЖУМЫСЛАР

 Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен 2020-жыл 15-октябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларға тийкарланып, район аймағында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарда азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын сақлаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.



 2020-2021-жылларда қыс ҳәм бәҳəр мәўсимине 4 тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин ғамлаў ушын улыўма прогноз көлемлери белгилеп алынып, райондағы аймақлық 11 таярлаў шөлкемлери ҳәм социаллық тараў мәкемелери тәрепинен жәми 1 мың 680 тонна аўыл хожалығы өнимлерин жәмлеў жумыслары алып барылмақта.

 Райондағы аймақлық 11 таярлаўшы кәрханалар тәрепинен жәми 1 мың 646 тонна, соннан, 632 тонна картошка, 347 тонна пияз, 285 тонна гешир ҳәм 382 тонна гүриш өнимлерин ғамлаў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрепинен жәми 33,9 тонна, соннан, 19,9 тонна картошка, 5,5 тонна пияз, 6,2 тонна гешир ҳәм 2,4 тонна гүриш өнимлерин ғамлаў белгиленип алынды.

 

Атап айтқанда: "Қанлыкөл агротəмийнат" фермер хожалығы тәрепинен                 7,7 гектарға ҳәм  "Қанлыкөл картошка" фермер хожалығы тәрепинен 12 гектар майданға картошка егилип, жәми 265 тонна картошка өнимин алыў режелестирилген. Бүгинги күнде бул фермер хожалықларында картошка өнимлериниң жыйым-терим жумыслары алып барылмақта. "Қанлыкөл агротəмийнат" ҳәм "Қанлыкөл картошка" фермер хожалықларында жетистирилген картошка өнимлери есабынан район халқы ушын гүз-қыс айларында талап етилетуғын картошка өниминиң 41,9 пайызы тәмийинленип, арзан баҳада ишки базарға жеткерип бериледи. 387 тонна картошка республикамыздың басқа ўəлаят ҳәм районларынан алып келиниўи арқалы тәмийинленеди.

 Район халқы талабы ушын жетиспейтуғын өнимлерди алып келиў ҳәмде тийкарғы түрде азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде, район ҳәкимлиги жанынан “Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў” жамғармасы шөлкемлестирилмекте. Жамғарма қаржылары районның жергиликли бюджетиниң қосымша түсимлери, жеке ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қаржылары есабынан жамғарылады. Улыўмаластырып айтқанда, жоқарыда келтирилген илажлар толық әмелге асырылыўы нәтийжесинде, 2020-2021-жыллардағы гүз-бәҳәр мәўсими айларында район халқының тийкарғы түрдеги азық-аўқатлық өнимлерине болған мүтәжлигиниң толық қанаатландырылады ҳәмде базар саўда комплекслеринде өним ҳәм тутыныў товарлары баҳаларының турақлылығы тәмийинленеди.

 

Район ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети