22.12.2024, Екшемби

Ɵзбекстанда биринши мəрте монолит жол өткизгиши қурылмақта

Бул жойбарды əмелге асырыўдан мақсет Самарқанд қаласында транспорт инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў сондай-ақ, жаңадан бой тиклеп атырған «Samarkand city» аймағына келетуғын туристлер ҳəм ўатанласларымызға қолайлы шараятлар жаратыў болып есапланады. Бул ҳаққында Ɵзбекстан темир жоллары акционерлик жəмийети хабар бермекте.


Самарқан қаласынан өткен M-39 автомобиль жолының 1083 километринде қурылып атырған жаңа жол өткизгиш «Ɵзбекстан темир жоллары» акционерлик жəмийетиниң «Кўприкқурилишлойҳа» унитар кəрханасы сондай-ақ, Россия Федерациясының жетекши қəнигелери менен биргеликте таярланған жойбар тийкарында əмелге асырылмақта.


Жойбар бойынша жол өткизгиштиң бийиклиги 5,5, узынлығы 110, кеңлиги болса 28,9 метрди қурайды. Бул жойбар толық питкерилгеннен кейин бир саатта дерлик 600 ге шамалас, бир суткада болса 14 мың автомобилди өткериў имканияты жаратылады.

Аўдарма: ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети