22.12.2024, Екшемби

Әмиўдәрьяда жаңа автосалон жумыс баслады

Исбилермен – елге сүйениш, дейди дана халықымыз. Себеби исбилерменлер саны артқан сайын елимиз раўажланып халықымыздың аўыры жеңиллесип бара береди. Буны жүректен сезинген исбилермен өзлери ис баслаған жөнелислери бойынша халыққа унамлы хызмет көрсетиўге бел байлаған. Бундай жақсы нийетлер менен жасап атырған исбилермен инсанлар районымызда көплеп ушрасады.


Исбилерменлик пенен шуғылланып атырған Әмиударьялы Хуршид Пирмановта көптен берли ойлап жүрген режесин әмелге асырып, Олмазар мәҳәллеси аймағында «Нөкис автосаўда» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Манғыт филиалына  қараслы автосалон шөлкемлестирилди. Филиалдың тийкарғы ўазийпасы  мәмлекетимизде ҳәм шет мәмлекетлерде ислеп шығарылған автомобиллерди буйыртпашы –қарыйдарлардың талап ҳәм усыныслары тийкарында районымызға алып келиў ҳәм филиал арқалы автосаўданы әмелге асырыўдан ибарат. 

Бунда биринши наўбетте қарыйдарлардың талаплары есапқа алынады. Сондай-ақ, қарыйдарларға сатып алынатуғын автомобилдиң сапасына ҳəм баҳасына қарап таңлаў имканияты бериледи. Соның менен бирге автосалон филиалы автомобилди сатып алыў қолайлы болыўын, артықша əўерегершиликтиң алдын алыўды тәмийинлейди.

Усы филиал ашылыўы менен еки жумыс орны жаратылды. Және еки-үш айдан соң, яғный 2021-жылыдан баслап филиал жанында автомобиллерге техникалық хызмет көрсетиўди жолға қойыў режелестирилген. Усы жөнелис иске түсиўи менен филиалда және еки жумыс орны жаратылады.

Филиал имаратинда қарыйдарлар ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. «Нөкис автосаўда» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Манғыт филиалы ең  дәслепки күнинен-ақ  биринши қарыйдарларды қабыллаў ҳәм олардың талап-усынысларын үйрениў жумысларын баслап жиберди.

Бүгинги күнде районымыз турғынлары өзлери қәлеген автомобиллерды сатып алыў ушын Нөкис қаласындағы дилерлик офислерине бармастан усы жердиң өзинде буйыртпа бермекте.

 

Робия ЙЎЛДОШЕВА