Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги мәжлислер залында «Жаӊа Өзбекстан – жаӊаша көзқарас» идеясы тийкарында болып өтетуғын әҳмийетли үгит-нәсият жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериўде министрлик алдына қойылған ўазыйпаларға бағышланған жыйналыс болып өтти.
Онда Өзбекстан
Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары
А.Икрамов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығы орынбасары,
Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, район (қала)лық
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлимлериниң баслықлары қатнасты.
Илажда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан келип шығып, усы жылдыӊ ноябрь айында жаӊаша ат ҳәм идея тийкарында болып өтетуғын аҳмийетли үгит-нәсият илажлары «Жаӊа Өзбекстан – жаӊаша көзқарас» сүрени менен шөлкемлестирилетуғыны айтып өтилди. Бунда үгит-нәсият топары ағзалары қала ҳәм районлардағы мәҳәллелерде болып, халықты елимизде алып барылып атырған кеӊ көлемли ис-илажлардан хабардар етиў, оныӊ әҳмийетин кеӊ жәмийетшиликке жеткериў ҳәм пуқаралардыӊ кеўил-кейпиятын көтериў тийкарғы мақсет екенлиги тилге алынды.
Үгит-нәсият илажларына
биринши нәўбетте халықтын социаллық қорғаўға мүтәж қатламын, жәмлеспеген
жасларды, жәрдемге мүтәж шаӊарақларды, кексе әўлад ўәкиллерин қамтып алыўға
итибар қаратыў шәрт екенлиги айтып өтилди.
Бунда Министрликтиӊ қала ҳәм район бөлимлери тәрепинен
пуқаралар жыйынлары баслықлары менен биргеликте илажда қатнасыўшылар дизими қәлиплестириледи
ҳәм онда белгили алымлар, қосықшылар ҳәм спортшылардыӊ қатнасыўы тәмийинленеди.
Қарақалпақстан
Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниӊ Мәлимлеме
хызмети