22.12.2024, Екшемби

ЖАҢА ИМАРАТТАҒЫ ЖАҢА ҚОЛАЙЛЫҚЛАР

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жылы 15-февраль күнги «Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасын жәнеде комплекс раўажландырыў иләжлары ҳаққында»ғы қарарын менен барлық район, қалаларында мәмлекетлик хызметлер орайлары имәратларын қурыў кестеси тастыйықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районы қайта шөлкемлестирилиўи менен бәрше мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жаңа имаратлары қайта бой тиклемекте. Атап айтқанда районыдағы Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратыда жаңадан бой тиклеп пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген иләжда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атабек Давлетов, район ҳәкими Махмуд Кайпанов, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Казбек Артыков, мәкеме, кәрхана баслықлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.






Жаңа имараттың курылыс жумыслары Нѳкис қаласындағы «BAXIT MIRATDIN» ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен алып барылды.

Салтанатлы ашылыў мәресиминде сөз алғанлар бул жаңа имараттың район халқының машқалалаларын шешиўде узақ жыллар даўамында сапалы хызмет етететуғынлығын айрықша атап өтти.

Заманагөйлик және миллийлигимизди өзинде сәўлелендирген жаңа имарат өзине тән дизайн тийкарында қурып питкерилди. Залда орнатылған мониторларда 140тан аслам мәмлекетлик хызмет алыў тәртиби орайға келиўшилерге усынып барылады.  Соның менен бирге, Мәмлекетлик хызметлер орайыныӊ жаӊа имараты секторларға бөлинген болып, жумсақ мебеллер менен тәмийинленген. Қолайлы күтиў заллары, китапхана, электрон нәўбет, жас балалы аналар ушын арналған балалар майданшасы, инвесторлар ханасы, инфокиоска ҳәм басқада бир қатар қолайлықлар жаратылған. Сондай-ақ, бул жерде бир күнде 300-400 ден артық пуқараны қабыл етип, мәмлекетлик хызметлерди иркинишсиз көрсетиў имканияты жаратылады.




Соны да айтып өтиў орынлы пуқараларға қолайлықлар жаратыў, артықша әўерегершиликлердиӊ алдын алыў, олардыӊ ўақытын тежеў мақсетинде Халық қабыллаўханасы, Бас министрдиӊ исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, нотариус, Әдиллик бөлими ҳәм ПҲАЖ бөлимин орайдыӊ имаратына жайластырыў нәзерде тутылған. Бул өз гезегинде пуқаралар ушын бир жердиӊ өзинде бир неше жумысларыныӊ бир ўақытта питиўине себеп болады.

Ҳәр тәреплеме заманагөй қолайлықларға ийе болған Мәмлекетлик хызметлер орайы, соныӊ ишинде жоқарыда атап өтилген мәкемелер имаратыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўы да халқымызға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиўге шараят жаратады.Себеби, инсан дүньяға келгенде дәслепки бәрше әҳмийетли ҳәрекетлер ПҲАЖ бөлимлеринде әмелге асырылады. Солардыӊ бири инсәнныӊ неке тойы.




Ҳәзирги күнге шекем орай тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жәми 7 мыңнан аслам хызмет көрсетилген болса, соннан, 500 ден асламы көшпели тәртипте көрсетилди. Сондай-ақ, жыл басынан орай тәрепинен жаңадан 223 исбилерменлик субъекти, соннан 125 юридик шахс ҳәм 98 физикалық шахс мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен бул хызметлер саны да, сапасы да артады. Себеби бәрше қолайлықларға ийе бундай жаңа имарат пуқараларға буннанда тез, кѳп, сапалы хызмет кѳрсетиў имканиятын береди.



Мәмлекетлик хызметлер агентлиги хызметлердиң сапасын ҳәм ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў мақсетинде усындай жаңа орайлардың санын еледе көбейтиўди режелестирмекте.

Бир сөз бенен айтқанда халыққа тез, ашық-айдын, сапалы және қолайлы хызмет көрсететуғын бул заманагөй имарат район турғынларына әжайып саўға болды.

 

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги

Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлими