«Саламат турмыс тəризин турмысқа кеңнен
енгизиў ҳəм ғалаба спортты буннан былайда раўажландырыў ис-илəжлары ҳаққында»ғы
президент пəрманы қабыл етилди, деп хабар бермекте kun.uz сайты
Пəрман тийкарында «Саламат
турмыс тəризи» (www.1hls.uz) платформасы ислеп шығылады.
Бунда:
·
Ɵзбекстан аймағында бир
суутка даўамында он мың ҳəм оннан зыят
қəдем жүрген 18 ҳəм оннан жоқары жастағы Ɵзбекстан Республикасы пуқарасының
платформадағы электрон есап бетине 3 мың
сумнан;
·
Ҳəр айда ҳəр бир район (қала)
бойынша ең көп жүрген шахсқа 300 мың
сумнан, ҳəр бир аймақ бойынша ең көп жүрген шахсқа 500 мың сум, республика бойынша ең көп жүрген шахсқа 1 млн сум қосымша түрде платформадағы
электрон есап бетине өткериледи.
«Саламат турмыс тəризи»
платформасы 2021-жылдың 1-март сəнесине
шекем ислеп шығылады.
Ғалаба спортты раўажландырыў
ҳəм саламат турмыс тəризин үгит-нəсиятлаўда жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велосипед, бадминтон, стритбол, «Workоut» (мəҳəлле ҳəм көше
фитнеси) спорттың əҳмийетли түрлери етип белгиленеди:
·
Бул спорт түрлерин
ғалабаластырыў ҳəм раўажландырыў бағдарламаларын əмелге асырыў ушын Мəмлекетлик
бюджеттен 2021-жылдан баслап бағдарламалар толық орынланғанға шекем ҳəр жылы 104 млрд сумнан ажыратылады.
·
Физикалық имканияты
шекленген ҳəм майыплығы болған шахсларды денетəрбия ҳəм спорт пенен шуғылланыўға
тартыўға қаратылған бағдарламаларды қаржыландырыў ушын Мəмлекетлик бюджеттен
2021-жылдан баслап бағдарламалар толық орынланғанға шекем ҳəр жылы 10 млрд сумнан қаржы ажыратылады.