Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан
бөлими тәрепинен усы жылдың 29-октябрь күни белгили фотожурналист Мақсет Ҳәбийбуллаевтың
дөретиўшилигинен ибарат «Алтын гүз» атамасындағы онлайн фотокөргизбе
шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында бөлим рәсмий каналы хабар берди.
Көргизбеден фотожурналисттиң гүз мәўсиминиң өзине тән көринислерин өзинде
сәўлелендирген 20 дан аслам жумыслары орын алған.
Мағлыўмат ушын, Мақсет Ҳәбийбуллаев ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Миллий мәлимлеме
агентлиги – ӨзАның Қарақалпақстан Республикасындағы фотохабаршысы лаўазымында
жумыс ислеп келмекте.
Төменде сиз фотокөргизбеге қойылған жумыслар менен танысыўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков.