22.12.2024, Екшемби

Үш дана қоян алты айда 70 бастан асты

Халқымызда -жерге қарасаң жер саған бар зийнетин береди деген даналық сөз бар.

Бул сөздиң төркининде қандай мəни бар екенин биз сөз етпекши болған қахарманымыз арқалы аңлап алыў қыйын емес.

 Бозатаў районындағы Қусханатаў АПЖ турғыны Сайымбетов Шамшетдин мине бир неше жыллардан берли үй алды қыйтақ жеринен жақсы дəрамат алып, өзин-өзи бəнт етип отырған заманласларымыздан бири.

-Онша үлкен болмаған 13 сотох жерге ҳəр жылы гешир егип, шанарақ ағзаларымыз бенен мийнет етемиз, гүзде 100-110 қалта гешир аламан. Быйылда өним жақсы дийдлеген өнимди алыўды нийет етип отырман-дийди биз бенен сəўбетте Сайымбетов Шамшетдин.


Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы ҳəр бир қалта 60 кг болса, 6 тоннадан зыят гешир 2000 сумнан 13 млн. нан аслам дəрамат болады.

 Тек ғана жер менен шеклениўди өзине еп көрмеген қахарманымыз усы жылдың март айында нəсилли үш дана қоян алып бағыўды баслайды. Ҳəзирги ўақытта олардың бас саны 70 тен асқан. Итибарлы тəрепи бул нəсилли қоянлар 28 күннен балалайды ҳəм жақсылап бағылса 3 кг.нан 7 кг.ға шекем гөш береди.




Сайымбетов Шамшетдин қояншылықты раўажландырып район халқын арзан гөш пенен тəмийинлеўди режелестирмекте.

 

Бозатаў районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети