Шар түйме -төрт тәрепли көринистеги көкирек безениў буйымы есапланып, ири сердолик қаслар ҳәм майда перуза таслар менен безеледи. Төменги тәреплерине майда коӊыраўшалар ҳәм жапырақшалар шынжыр менен дизилген. "Шар" сөзи төрт тәреп дегенди билдирип, әдетте ол ҳәйкелдиӊ астынан тағылған.