22.12.2024, Екшемби

«ЖАСЛАР ДӘПТЕРИ» ҲӘМ «ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ДӘПТЕРИ»Н ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎДЕ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТӘЖИРИЙБЕСИ

Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы»ның мәжилислер залында «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»н шөлкемлестириўди жеделлестириў бойынша семинар болып өтти.

Илажда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкерлери, «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»н шөлкемлестириўши жуўапкер штаб ағзалары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң орайлық аппараты жасларға байланыслы бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў басқармасы баслығы, республика жумысшы топарының ағзасы Фазлиддин Баҳромов штаб ағзаларына электрон базаны шөлкемлестириўдиң аңсат ҳәм қолайлы жолы бойынша кең түрде түсиник берди. Атап өтилгениндей, есаплаўларға қарағанда, мәҳәллелердеги ушырасып атырған машқалаларды хатлаўдан өткериў процеси көп ўақытты талап етпекте. Белгиленген мүддетке шекем «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»н шөлкемлестириў ушын шаңарақларда сораўнамаларды толтыратуғын жумысшы топар ағзаларын және де көбейтиў лазым. Сонда көп ўақыт үнемленеди. Сондай-ақ, электрон базаға киргизиўши қәниге ҳеш қандай қәте-кемшиликлерге жол қоймаўы керек. Егер ҳәр бир мәҳәлледе анкеталар толтырылыўы тезлессе, хатлаўды тез мүддетлерде жуўмақлаўға ерисиледи.


Штаб ағзалары жумысларды усындай тийкарда әмелге асырса процесс жеделлесиў менен бирге, оның ашық-айдынлығына да ерисиледи. Сонда ғана Қарақалпақстан тәжирийбесин барлық ўәлаятларға үлги етип көрсетиў мүмкин. Илаж қатнасыўшылары арнаўлы бағдарламадағы үлгини қәтесиз шөлкемлестириў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

–Бүгинги семинарда сораўнамаларды электрон базаға киргизиў процесинде ушырасып атырған машқалалар бойынша сораўларыма жуўап алдым, -дейди штаб ағзасы Баҳадыр Узақбаев. – Семинардан алған тәжирийбемизди райондағы штаб ағзаларына, әлбетте, жеткеремен ҳәм бул бағдардағы әмелий илажлар бүгиннен баслап жибериледи.               Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 8-октябрь күни жәмийетте ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ролин арттырыў және бәнтлигин тәмийинлеў илажларын додолаўға бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде ҳәр бир мәҳәлле, район, қала ҳәм ўәлаят кесиминде «жаслар дәптери» ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери»н шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген еди. Бул дәптерлерге социаллық, ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаўға, билим ҳәм кәсип үйрениўге мүтәж ҳәм қызығыўшылығы болған жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызлар киргизиледи. Бүгинги күнде елимиздиң ҳәр бир аймағынан үлгили деп табылған еки район (қала)да республика жумысшы топары жумыс алып бармақта. Қарақалпақстанда болса, барлық қала ҳәм районларда «жаслар дәптери» ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери»н шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилди. Әлбетте, Аралбойы жасларының бул басламасы барлық аймақларға үлги болары сөзсиз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы