Хабарыңыз бар, реже тийкарында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестирилиўинде Республикалық 4 сектор жуўапкерлери қатнасыўында көшпели қабыллаўлар болып өтпекте.
Бүгин нәўбеттеги көшпели қабыллаў Кегейли районында өткерилди. Сондай-ақ, район жаслары менен ушырасыў шөлкемлестирилип, олардың машқалалары усыныслары тыңланды.
Көшпели қабыллаўда физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 51 мәселе келип түсип, 6 мүрәжат орнында унамлы шешилип, 13 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилди. Сондай-ақ, 32 мүрәжат бойынша тийисли мәкеме басшыларына тапсырмалар берилип, Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.
Карантин қагыйдаларына әмел еткен ӽалда, Республикамызда көшпели қабыллаўлар даўам етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы Баспасөз хызмети