22.12.2024, Екшемби

ҚАРАӨЗЕКШИЛЕР МƏМЛЕКЕТЛИК РЕЖЕНИ ОРЫНЛАДЫ


Районымыз пахтакешлери республикамызда бириншилерден болып, усы жылдың пахта тапсырыў шəртнамалы режесин орынланды. Фермер хожалықлары тəрепинен мол ҳасыл жетистирип мəмлекетке 8400 тонна пахта қырманы тапсырылды.  Соннан көпшилик бөлеги жоқары сортларға сатылды. Усы жылда 3910 гектардан зыят майданлардағы ғаўашаларға “С-4727” "Ч-5018" сортлары егилип, агротехникалық илажларға сай итибар қаратылды. Пахтаны қысқа мүддетте сыпатлы қылып терип алыўда, фермер хожалық ағзалары ҳəм теримшилерге бəрше зəрүр шараятлар жаратылды. Районның бəлент қырманына А.Досназаров, Есимөзек Мәденият хожалықлары пахта сатыў шəртнама режесин Республикамызда бириншилерден болып орынлаўға еристи. Сондай-ақ Бердақ, Қараөзек Қуралпа, С.Камалов хожалықларыда пахта қырманына мүнəсип үлеслеслерин қосты. Бүгинги күниде басқа да фермер хожалықларында жыйын-терим мапазы қызғын даўам етпекте. 

 

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети