Мен Хожели районы “Б.Курбанов” көшеси, 68-жайда
жасаўшы пуқара Усманов Муратбай Сарсенбаевич боламан. Ҳәзирги дәўирде дүнья
жүзинде машқала болып атырған COVID-19, яғный пневмония кеселлиги менен
көплеген инсанлар бул дүньядан көз жумғаны сыр емес. Усы кеселликти емлеў ушын
мәмлекетимиз бойлап (базы бир районларды айтпағанда) шәраятлар жаратып атырғаны
ушын Журтбасшымызға ҳәм ел басындағы басшы ағаларымызға рахметлер айтаман.
Менде усы пневмония кеселлиги менен 2020 жыл 14-октябрь күннен 24-октябрь
күнине шекем Нөкис қаласы (Айдын жол) Спорт комплексинде шөлкемлестирилген
емлеўханада емленип шықтым. Усы емленген дәўиримде мениң итибарымды тартқаны
шыпакерлердиң, мийирбийкелердиң ҳәмде (санитарка) техник хызметкерлердиң
кеселлерге болған ғамхорлығы, адамгершилиги, инсаныйлық пазыйлетлери. Еледе
елимизде усындай пидайы, өз кәсибиниң маманы болған хызметкерлер көбейе берсин
деп тилеп қаламан. Атап айтатуғын болсам, төмендеги аты көрсетилген
хызметкерлерге өз миннетдаршылығымды билдирип өтпекшимен:
Нурманов Салаўат-( РНЦЭМП шыпакери)
Ембергенова Шахноза-( РНЦЭМП мийирбийкеси)
Мусакулова Қәлбийке-( РНЦЭМП мийирбийкеси)
Ҳүрмет
пенен: Усманов Муратбай Сарсенбаевич