Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли ҒХҚ ўəкиллери, баспасөз хаткерлер, журналист ҳəм блогерлердиң қатнасында Беруний районының социаллық-экономикалық раўажланыўы, ишки туризм ҳəм зиярат туризми бойынша пресс тур шөлкемлестирилди.
Пресс турдың биринши мəнзили Төменги Әмиўдəрья мəмлекетлик
биосфера резерваты болды. Бул жерде қатнасыўшылар резерваттағы 1200 бастан
аслам Бухара суўыны ҳəм оларға қаратылып атырған итибар менен жақыннан
танысты. Сондай-ақ, Султан ўайс зыярат орны менен Пил қала естелиги пресс
турдың кейинги мəнзиллери болды.
Күнниң екинши ярымында пресс тур қатнасыўшылары Абу Райхан
Берунийдиң музей комплексинде болды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек Абу райхан Берунийдиң
топырағы Аўғанстанның Ғазна қаласынан «Бабур» халықаралық қоры тəрепинен алып
келинип əййемги Кат ҳəзирги Беруний районына қойылған.
Пресс тур жуўмағында 4 сектор басшылары, мəкеме ҳəм кəрханалардан
жуўапкерлер қатнасында пресс-конференция шөлкемлестирилди. Онда ҒХҚ ўəкиллери,
журналист ҳəм блогерлер районда əмелге асырылып атырған жумыслар бойынша жуўапкерлерге
сораўлар менен мүрəжат етти.
Пресс-конференция YOU-TUBE социаллық тармағында тиккелей
эфирге берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Мəлимлеме
хызмети