22.12.2024, Екшемби

Топырақ-қала

   Топырақ – қаланың  майданы  500х3500 м. Төрт мүйешли етип  салынған қала  дөгерегин  қоршаған  қорған  пақсалары  топырақ  үйиндилери  түринде сақланып қалған, пақсалардың  бийиклиги  гейбир  жерлеринде  8-9 м ге шекем  жетеди.  Мүйешинде  үш минаралы  сарай бой тиклеп  турған.


   Қала дәрўазасынан  басланған көше қаланы  екиге  бөлип  турған, көшениң еки  бойында  кварталлар (тийкарынан  өнерментлер  жасайтуғын) жайласқан болып, олардың биринде  ибадатхана   имаратлары жайласқан.

   Қала имаратларының  биринде  алтын  жалатылған жезден  исленген билезик  кийгизилген  таў  қошқарының  шақлары табылған, еденде  олардың әтирапында  сый- саўға сыпатында әкелинген  көп  санлы  затлар, шийше  ыдыслар,  безениў  буйымлары, алебастирден  исленген  ҳәйкеллердиң сынықлары,  ойнап  турған фантастикалық  нықаплардың  пақсаға  сызылған сүўретлери табылған. Залда  әскерлердиң  ҳәйкеллери, ал «Патшалар залы» нда – қам  ылайдан   исленген  патшалардың  скульптуралық  фигуралары табылды.