22.12.2024, Екшемби

КӨШПЕЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР

Халқымыздың аўырын жеңил, узағын жақын етиў, солай етип, оларды бүгинги күннен разы болып жасаўын тәмийинлеў елимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған сиясаттың баслы бағдарларының бири болып табылады.  Бул бойынша мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.  Солардың бири, узақ аймақта жасайтуғын халыққа көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетиў болып табылады. Бунда олар қала ҳәм район орайларына барып жүрместен, өзлери жасайтуғын аймақтың өзинде күнделикли турмыслық зәрүрликлерин питкериў мүмкиншилигине ийе болмақта.


Мысалларға жүгинетуғын болсақ, усындай көшпели мәмлекетлик хызметлер республикамыздың ең узақ аймақлары есапланған Қанлыкөл районындағы «Қосжап»,  Шоманай районындағы «Бегжап», Кегейли районындағы «Жалпақ жап», Бозатаў районындағы «Көксуў», Мойнақ районындағы «Қазақдәрья», Елликқала районындағы «Гүлдирсин», Төрткүл районындағы «көкше», «Пахтаабат» аўыл пуқаралар жыйынларында, Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынларында көрсетилди.


Бунда оларға тийкарынан перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине гезекке қойыў, салық төлеўшиниң идентификация номерлерин алыў, инженерлик коммуникация тармақларына жалғаныў, пенсия ҳәм напақа муғдары ҳаққында, судланбағанлық (судланғанлық) туўралы мағлыўматнама алыў, пуқараны жәмленип барылатуғын пенсия системасына есапқа қойыў, исбилерменлик субъекти сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтиў, электрон санлы имза алыў ҳәм басқа да хызметлер көрсетилмекте.


Бул хызметлерден аўыл турғынлары нәтийжели пайдаланбақта ҳәм бундай шараят жаратып бергени ушын Президентимизге өз миннетдаршылықларын билдирмекте. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, бүгинги күнге шекем алыс аймақ турғынларына  жәми 29 мыңнан аслам көшпели мәмлекетлик хызмет көрсетилди.

Буннан тысқары аймақларда жасаўшы жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар орай хызметкерлериниң ҳәмийше дыққат-итибарында болып келмекте. Ҳәр бир илаж даўамында олардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, зәрүр хызметлер көрсетилмекте.



Тараўда енгизилип атырған бундай жаңалық ҳәм қолайлықлар биринши гезекте мәмлекетлик хызметлердиң ҳәр бир аймаққа жетип барыўын тәмийинлеў болса, екиншиден пуқараларымыздың бул хызметлерден пайдаланыўдағы мүшкилин жеңиллетиўден ибарат. Ең баслысы, Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи тийис» деген принциптиң әмелдеги көриниси болып табылады.

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги

 Қарақалпақстан Республикасы басқармасы