30.10.2024, Сәршемби

МИЛЛЕТТИҢ БИРЛИГИ, МӘҢГИЛИГИНИҢ АЙНАСЫ

21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни

Миллеттиң бирлиги, барлығының белгилеринен бири ана тилиниң мәңгилиги болып есапланады. Усы жылы мәмлекетимизде үлкен салтанат, өзгеше көтериңкилик пенен биринши мәрте белгиленип атырған Өзбек тили байрамы илажларында бул белгилер және бир мәрте өз көринисин таппақта.

…Пайтахтымыздың Әлийшер Наўайы атындағы Миллий  бағы. Және де көркем, пайызлы ҳәм саўлатлы көринистеги, жаңаланған Әдебиятшылар қыябаны. Оны жеделлик пенен өзгерип атырған Өзбекстанымызға теңеў мүмкин. 21-октябрь күни ерте таңнан-ақ бул жерге ўатанласларымыз келе баслады. Үлкен мониторда миллий әдебиятымыздың раўажланыўына үлес қосқан дөретиўшилер, шайыр ҳәм жазыўшылар, әдебияттаныўшы илимпазлардың жумысы, турмысы, дөретиўшилик жолы ҳаққында сөзлеп бериўши көринислер көрсетип берилмекте. Жаңлап атырған миллий классикаллық қосықлар тилимиздиң гөззаллығын ырғақлар арқалы көрсетип атырғандай. Әдебий гүрриңлер, дөретиўшилик  сәўбетлер, мушайра ҳәўижге минген. Алтын гүз мәўсиминде бул гөззал орай да түрли реңлерде және де гөззал көриниске кирген… Наўайы бабамыз, сөз өнериниң раўажланыўына үлкен қосқан басқа да дөретиўшилердиң саўлатлы естеликлери. Ана тилимизге болған әмелий итибардан олардың да руўхы шад болып атырған болса, тәәжип емес.

21-октябрь – Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен бул жерге ерте таңнан-ақ түрли министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, дөретиўши зыялылар, мәнаўийят пидайылары, оқытыўшылар, студент-жаслар топланды. Илаж қатнасыўшылары Әлийшер Наўайы естелигине гүллер қойды.

 

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султонов оқып еситтирди.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўында миллет ҳәм  халық қәдириятларының тымсалы болған ана тили, оның мәмлекетлик тили сыпатындағы абырайы ҳәм статусы беккем орын алады. Миллий тиклениўден  миллий жоқарылаўға қәдем таслап атырған мәмлекетимизде өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы статусы ҳәм абырайын арттырыў бағдарында соңғы жылларда нәтийжели жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-октябрьдеги  «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм статусын түп-тийкарынан артырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы руўхый-ағартыўшылық турмысымызда үлкен тарийхый ўақыя болды. Онда ана тилимизди қәстерлеп-сақлаў ҳәм буннан былай да раўажландырыў менен байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

 

Өзбекстан Республикасының 21-октябрьди Өзбек тили байрамы күни етип белгилеў ҳаққындағы нызамы қабыл етилди. Бул ҳүжжет ана тилимизге бағышланған байрамды тек бизиң мәмлекетте емес, ал дүньяның түрли мәмлекетлеринде кеңнен белгилеўге әўмийетли түртки бергенлиги дыққатқа ылайық болып есапланады.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, академик Акмал Саидов бундай умытылмас күнлерге жетип келиў аңсат болмағанлығы, ол өзинде мыңлаған ўатанласымыздың әрманлары жатырғаны, өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы статусының ҳуқықый тийкарлары, ана тилимиздиң халықаралық көлемдеги абырайы ҳәм статусын арттырыў шеңберинде ҳәр тәреплеме атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы вице-президенти Баҳром Абдулҳалимов, Илимлер академиясының Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институтының директоры, филология илимлери докторы, профессор Низомидин Маҳмудов мәмлекетимизде ана тилимиздиң абырайы ҳәм статусын буннан былай да жоқарылатыў  бағдарындағы ийгиликли басламалар илим, мәнаўият ҳәм ағартыўшыларға және де үлкен жуўапкершилик жүклеп атырғанын атап өтти. Елимиздиң илимпазлары тәрепинен «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги» жаратылды. Ана тилимиздиң тарийхый, илимий  тийкарларын  жетик үйрениў, сөзликлер жаратыў бойынша изертлеўлер жедел  алып барылмақта.

 

Бүгин мәмлекетимиздеги ағартыўшылық жаңаланыў процесслери – Үшинши Ренессанс дәўирине қәдем таслаў басқышында өзбек тилиниң орны ҳәм әҳмийети оғада үлкен болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта тараўға қаратылып атырған шексиз итибар Наўайы қәдирлеген, қәстерлеп-сақлаған тилге болған ҳүрметтиң әмелдеги жарқын үлгиси болып есапланады. Сәне алдында мәмлекетимиз басшысының «Уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары және «Мәмлекетимизде өзбек тилин және де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳақында»ғы пәрманы қабыл етилгени ана тилимиздиң раўажланыў жолындағы ийгиликли басламалардың әмелге асыўы бағдарындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Енди ана тилимиз дүньяның көплеген илимий орайлары, университетлеринде жедел үйренилмекте. илажда өзбек тилине қызығатуғын бир топар сырт ел изертлеўшилериниң ана тилимизде жаңлаған видео қутлықлаўлар ҳәм пикирлери қатнасыўшыларға онлайн тәризинде усынылды.

– Өзбек тилине меҳрим оғада жоқары, – деди америкалы белгили аўдармашы ҳәм изертлеўши, «Дослық» ордениниң ийеси Марк Эдвард Риз. – Абдулла Қадирийдың «Өткен күнлер» романын инглис тилине аўдардым. Өзбекстан мениң  өмириме үлкен тәсир көрсеткен дияр. 1994-жылдан баслап өзбек тилин үйренип атырман. Өткен дәўирдиң ишинде Өзбекстан, оның халқының санасы өзгерди. Жаңа жәмийет қурылмақта. Бир ўақытлары досларым маған  басқа тиллерди үйрениўди мәсләҳәт берген еди. Бирақ мен өзбек тилин  пуқта ийелеўге шын жүрегимнен ҳәрекет еттим. Енди «Меҳрабтан шыққан шаян» шығармасын аўдарыў нийетндемен. Барлық өзбекстанлыларды Өзбек тили байрамы менен қызғын қутлықлайман.

 

– Өмиримдеги ең гөззал мәўритлер Өзбекстан менен байланыслы, – деди Қубла Кореяның Ханкук шет тиллер университетиниң профессоры Ли Жи Ин. – Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде оқығанман. Бул гөззал тилди усы жерде үйрендим. Соңғы жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлар барған сайын беккемленип бармақта. Бизде өзбек тилин үйрениўге байланыслы  қолланба басып шығарылды. Өзбек тилин үйрениў бойынша имтиханларды басқышпа-басқыш өткериў режемизде бар. Бул кореялылардың Өзбекстанға болған ҳүрметиниң әмелий үлгиси болып есапланады. Өзбекстан жасларына қарай усыны айтпақшыман, сизлердиң тилиңизде Наўайы, Бабур, Надира сөйлеген. Бул әўладлар ушын үлкен бахт ҳәм ҳүрмет болып есапланады. Перзентлериңиз, олардың перзентлери ушын бул гөззал тилди қәстерлеп-сақлаўыңызды қәлер едим.

Сондай-ақ, Ҳиндстандағы Жамия Миллий Исломия университетиниң өзбек тили оқытыўшысы, профессор Шаҳид Таслим, Токио шет тиллер университетиниң студенти, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде өзбек тилин үйренген япониялы Рио Наитоның ана тилимизди сақлаў, оны сырт елде кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға байланыслы қызғын пикирлери илаж қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Илажда таэквон- до бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионы, ўатанласымыз Дмитрий Шокин өзбек тилине ҳүрмет, өзиниң спорттағы жетискенликлери, келешектеги жеңислери ҳаққында атап өтти.

– Мен Өзбекстанда туўылып өстим, усы диярда өстим, – деди Д.Шокин. – Өзбек тилинде сөйлесиў мен ушын оғада қызықлы ҳәм жағымлы. Балалықтан досларым, классласларым менен усы тилде сөйлесип өстим. Өзбек тилиниң дүнья көлеминде кең қулаш жайыўында биз спортшылардың да үлеси барлығынан мақтанаман. Бундай ҳүрметли ўазыйпаға өз үлесимди қосып атырғанымнан оғада қанаатланаман. Халықаралық жарысларды жеңиске жеткенимде Өзбекстан байрағы мақтанышлы желбирейди, мәмлекетимиздиң гимни жаңлайды. Демек, өзбек тили мыңлаған сырт еллилердиң қулағы астында жаңлайды. Өзбек тилиниң раўажланыўына қосып атырған үлкен үлеси ушын Прездентимизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

 

Илажда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид өзиниң ана тилимизди улығлаўшы жаңа қосығын оқып берди.

Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Минҳожиддин Ҳожиматов өзбек тилин раўажландырыў ҳәм кеңнен үгит нәсиятлаўға мүнәсип үлес қосып атырған бир топар тил билими бойынша илимпазларға ҳәм дөретиўши зыялыларға «Маънавият фидойиси» көкирек белгисин тапсырды.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдуваҳитов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Беҳзод Мусаев қатнасты.

Әдебиятшылар қыябанында әдебий-ағартыўшылық илажлар күни бойы даўам етти. Ана тили байрамына бағышланған бул сыяқлы ағартыўшылық илажлар мәмлекетимиздиң барлық мүйишлеринде көтеринки руўхта  болып өтпекте.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы