21-октябрь күни Нөкис қаласы ҳәкимлигинде
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги XVI-сессиясы болып өтти.
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң он алтыншы сессиясына қалалық Кеңестиң депутатлары, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги директорынын биринши орынбасары Дилшод Мадрахимович САИДЖАНОВ, Нөкис қаласы ҳәкиминиӊ орынбасарлары, қаланыӊ сектор басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер, ҳәкимлик жуўаплы хызметкерлери ҳәм де бир қатар мекеме, кәрхана басшылары қатнасты.
Сессияда Нөкис қаласында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки
базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў, өнимлерди ислеп шығарыў көлемин
көбейтиўге байланыслы мәселелерди үйрениў нəтийжелери көрип шығылды.
Күн тəртибиндеги мəселе бойынша қала ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Хожанов
азық-аўқатлар өнимлерин топлап қойыў ҳәм оны қәлиплестириўге байланыслы
презентация тийкарында мағлыўмат берди. Қалада 2018-2020-жылларда коммерциялық
банклер тәрепинен шарўашылық, қусшылық, балықшылық, аўыл хожалығы өнимлерин
ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў мақсетинде жәми 150,0 млрд. сўм жеңиллетилген
кредит қаржылары ажыратылған. Усының нәтийжесинде, қаладағы исбилерменлер тәрепинен
сырт еллерден 1,1 мың бас ири шақлы ҳәм 1,5 мың бас майда шақлы шарўа маллары
алып келинип, халықтың мал, қой гөши ҳәм сүт өнимлерине болған талабыныӊ толық
қанаатландырылыўына ерисилген. Мәмлекетимизде жаратылған қолайлы шараятлар
нәтийжесинде быйылғы жылдың 9 айы жуўмағы менен қала бойынша 385 тонна гөш, 1,6
мың тонна сүт, 100 тонна картошка 1,8 мың тонна овощ, 260 тонна палыз, 235
тонна мийўе, 2,9 млн. дана мәйек өнимлери жетистирилген ҳәм усы өнимлерди
жетистириў көлемлери алдынғы жылларға салыстырғанда турақлы өсиў көрсеткиши
тәмийинленген.
Сондай-ақ, баянатшы өз сөзинде аймақларда “даладан-тутыныўшыға” принципи тийкарында жетерли жумыслар шөлкемлестирилмегенлиги, күнделикли рәўиште жаңаланып туратуғын азық-аўқат өнимлерин топлаўды жаратыўға жетерли дәрежеде итибар қаратылмағанлығы себепли базарлардағы баҳалардың көтерилиўине алып келгенлигине де тоқтап өтти.
Атап айтқанда, усы жылдың январь-сентябрь айларында сүт өнимлери 16,0
процентке, картошка 13,7 процентке, гөш өнимлери 11,4 процентке, өсимлик майы
өнимлери 10,2 процентке, қумшекер, чай ҳәм қосымша өнимлер баҳасы 5,4 процентке
өскен. Қалада усы жылдың 1-ноябринен 2021-жылдың 1-майына шекем тийкарғы
түрдеги азық-аўқатлық өнимлери менен кепиллигин тәмийинлеў, ишки тутыныў
базарына өним жеткерип берилиўин системалы шөлкемлестириў арқалы баҳалардың
турақлылығын сақлаў бойынша илажлар әмелге асырылған.
Сессияда қатнасқан ғалаба хабар қураллары ҳәм де блогерлердиӊ халықтыӊ гөш
өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, улыўма тутыныў базарында гөш өнимлери
усынысын көбейтиў бойынша сораўларына тийисли тараў хызметкерлери тәрепинен
жуӯаплар берилди.
Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы
Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги директорынын биринши
орынбасары Д.Саиджанов шығып сөйлеп, пикир-усынысларын айтты ҳәм бәрше
қатнасыўшылардыӊ белсендилиги ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Сессия күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл
етти.
Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети