Ерте заманлардан-ақ тийкарынан жер егип, отырықшы турмыс кеширген қарақалпақлардың турақ жайы қара үй болды.
Улыўма, қара үй халықтың дәстүрине кирген турақ жайы есапланған. Қара үйдиң ҳәзирге шекем қарақалпақларда кеңнен қолланылыўы усының менен дәлилленеди.
Қара үйди усталар соққан, оны халық «үйши» деп атаған.
Қара үй.
Қарақалпақлар ушын
ерте ўақытлардан баслап-ақ,
комплексли хожалық – шарўашылық, дийқаншылық
ҳəм балықшылық раўажланған.
Қарақалпақлардың қара үйи ағаштың айрықша сортынан - үй тал ямаса тоғай талдан соғылып, кереге, уўық, шаңарақ және маңлайша ҳәм табалдырық пенен бирге ергенектен қуралған. Υйдиң негизи кереге болып, ол бир неше қанаттан ибарат. Υйдиң көлеми қанатлардың санына байланыслы. Қара үй төрт қанатлы, алты қанатлы, сегиз қанатлы болып, қанатлар дөнгеленип орнатылып бир-бирине жүнен тоқылған дизбе менен байланып беккемленген. Υйдиң төбесиндеги шаңарақ пенен керегелерди төменги жағы ийилинкиреп келген уўықлар тутастырып, үйге гүмбез форма береди.
Уўықлардың
саны үйдиң неше қанаттаң ибарат болыўына
байланыслы. Олар керегениң
басларына байланып, шаңарақты көтерип турады. Шаңарақтың айлана дөгерегинде
уўықлардың ушлары кирип туратуғын тесиклери болады. Шаңарақ
үйдиң уўықларын жоқарғы жақтан бириктирип услап турады.
Шаңарақ тоғының үстинги
ергенегинен бир-бирине кесе 5-7,
ортасы дүнки хада
орнатылған. Υйдиң керегеси
сыртынан, орта белинен
40-50 см енлиликте жүннен нағыслап
тоқылған «ақ басқур»
тартып байланған. Уўықтың керегеге
бекитилген жериниң жоқарылаўынан, уўықтың иймейинкиреген жеринен қызыл басқур тартып байланған. Бул
қурлар үйге сән бериў
менен бирге уўық ҳәм кийиз- үзик
пенен, ал шаңарақ кийиз түник
пенен бастырылған. Керегениң
сырты ший менен оралған. Түнлик
жатарда жабылып, жақты түсириў ҳәм
от жағылған ўақытта түтин шығыўы
ушын азанда ашылады. Қара үйге кирип шығыў ушын еки тәрепли ергенек қойылып, оның үстинен
арнаўлы тоқылған ший есик
жабылады.