Исбилерменликти
раўажландырыў экономиканың өсиӯ имканиятларынан бири десек асыра айтқан
болмаймыз. Ɵйткени исбилерменлик халық бәнтлигин тәмийинлеӯдиң үлкен дəреги
есапланады. Сонлықтан мәмлекетимизде бул тараӯды раӯажландырыӯға айрықша итибар
қаратылмақта.
Бүгинги күнде Шымбай Май акционерлик жәмийетине қараслы Шымбай май инвест сыңар карханасында 160 адам жумыс бенен тәмийленген болып, кəрхана суткасына 130 тонна шигитти қайта ислеў ҳəм 20 тонна май ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.
Ҳəр бир иске
ўақтында итибар қаратылып, жаналанып барылса ол əлбетте гөзленген нəтийжени
берери анық. Сонлықтан бүгин кəрханада шигитти кайта ислеў пресс цехи, шигитти
сақлаў орынлары, лабаратория ханаларын қайта үскенелеў жумыслары алып
барылмақта.
Тийкарғы
мақсет халықтын пәраӯан турмыс кешириӯи болып есапланады.
Район ҳəкимлиги
мəлимлеме хызмети