22.12.2024, Екшемби

ЖАҢА ИМАРАТ ПАЙДАЛАНЫЎFА ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-февральдағы ПҚ-4602-санлы қарарына муўапық бир қатар мәҳәллелерде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында пуқаралар жыйынларының үлги имаратларын қурыў белгиленип, оған муўапық бир қатар мәҳәллелерде жумыслар баслап жиберилген еди. Күни кеше Қоңырат районындағы «Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйынының усы үлгидеги жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

 


Илажда Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Раҳмат Маматов қатнасып, Президентимиздиң басшылығында мәҳәлле системасының жәмийеттеги абырайын арттырыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын және де жетилистириў, оның ўазыйпалары менен ўәкилликлери шеңберин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

 

– Жаңа имаратта аймақ турғынларының күнделикли мәселелерин шешиў ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Системаға қаратылған үлкен итибар ҳәм ғамқорлық ушын Президентимизден миннетдармыз,-дейди АПЖ баслығы О.Султанов.


Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети