22.12.2024, Екшемби

К.Халмуратов Қоңырат районы ҳəкими лаўазымына тайынланды

17-октябрь күни халқ депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз 17-сессиясы болып өтти.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасып, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, əсиресе, бүгингидей сынаўлы дəўирде халықтың турмыс дəрежесин жақсылаў, жумыссыз пуқаралардың бəнтлигин тəмийинлеў, жəрдемге мүтəж ҳəм кем тəмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша алға қойылған ўазыйпаларға ҳəр тəреплеме тоқталып өтти ҳəм Қоңырат районы ҳəкими лаўазымына усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы  мəмлекетлик Салық басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келген Халмуратов Каллибек Жолдасбаевичты усыныс етти.

 




Усыныс етилген талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап сөзге шықты.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, К.Халмуратов өткен жыллар даўамында Қараөзек районы ҳəкиминиң экономикалық ҳəм социаллық раўажландырыў мəселелери бойынша орынбасары, Кегейли районы ҳəкиминиң экономикалық ҳəм исбилерменлик мəселелери бойынша биринши орынбасары, Ɵзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Санааттың базалық тармақларын раўажландырыў стратегиялары мəселелери бас басқармасы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Экономика министри, Қарақалпақстан Республикасы  мəмлекетлик Салық басқармасы баслығы сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларда мийнет етип келген.