Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Салық комитети баслығының
арнаўлы штабы тәрепинен Хожели районы ишки жоллары үйренилип, талапқа жуўап
бермейтуғынлығын анықланды. Сонлықтан ишки жолларды қайта оңлаў жумыслары
2020-жыл Хожели районын социал-экономикалық раўажландырыў комплексли дәстүрине
киритилип, район жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен ж қайта оӊлаў
жумыслары баслап жиберилди.
Сондай-ақ, штаб
ағзалары тәрепинен «Наўрыз» МПЖда газ тармақларындағы насазлықлар толығы менен
сапластырылды. Халқымыздыӊ мүрәжатлари ҳəр тəреплеме үйренилип, унамлы
шешилмекте.
Район ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: ➡️@QresMinistrlerKenesi