22.12.2024, Екшемби

Мойнақта туризм мәҳәллеси қәлиплеспекте

Мойнақ районы "Дослық" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде үш музей, атап айтқанда "Арал теңизи тарийхы музейи", "Балықшылар үйи" үй музейи ҳәм "Ашық аспан астындағы кемелер музейи" жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, аймақта мийманхана ҳәм қонақ үйлер туристлерге хызмет көрсетпекте. Бул мәҳәллениң және бир жетискенлиги сыпатында "Арал теңизи тарийхы" музейи жанындағы вертолёт қоныў орнын айтып өтиў орынлы. Жаслар орайы, киши санаат зоналары, текстиль фаврикасы ҳәм 2 ресторанның жумысы жолға қойылған.Аймақтың тағы бир әҳмийетли тәрепи сонда ҳәр түрли декоратив ҳәм шөлге шыдамлы өсимликлер егилген болып, олар суўды үнемлеўши технологиялар жәрдеминде суўғарылады. Соның менен бирге, сексеўил бағларының пайда болыўы менен парқланады.

 


Ҳәзирги ўақытта "Дослық" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Мәденият ҳәм халықтың дем алыў паркиниң қурылыс жумыслары басланды. Келешекте мийманхана, қонақ үйлери санын көбейтиў, айырықша статусқа ийе кеўил ашар дем алыў орайы (казино) ның иске түсиўи режелестирилмекте.

 

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети