22.12.2024, Екшемби

Шылпық естелиги ҳаққында нелерди билемиз?


 Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы Устюрт тегислигинен тап Султан Ўайс таўларына шекемги болған жерлерде өтмиш, тарийх  излерин көриўге болады. Сырларға бай болған қалалардың қалдықларынан бул жерлерде бир ўақытлар өмир қайнағанын, мəденияттың раўажланғанын, бул жерде жасап өткен ата-бабаларымыздың жоқары дəрежеде илимли болғанын аңлаў қыйын емес. Ɵтмиш естеликлеринен болған əне сол қалалардан 14 қала Әмиўдəрья районында жайласқан.

 

Солардан бири болған Шылпық қаласының жасы еки мың жылдан аслам. Шылпық шеңбер формасында болып, Нөкис қаласынан 43 км. Қублада жайласқан. Шылпық дəрьядан 35-40 метр бəлентликтеги 65 метр диаметрге ийе үсти ашық домалақ минара болып, тəбийғый тегис төбеликтиң үстинде жайласқан. Ол шеңбер формасында болып дөгереги қалың пахса менен оралған, бир тəрепи кириў жолы сыпатында ашық калдырылған. Ҳəзирги ўақытта Шылпықтың 6-8 метрли дийўалы сақланған, ишки радиусы 12 метр. Әййемги дийўаллардың бизге шекем унырап кетпей сақланып келиўиниң сыры бул жаўын шашыннан сақлаўшы сыбаўлардың орнатылыўында. Сыбаўлар дəрья ултанындағы саз ылайдан алынған ҳəм ҳəр қандай ызғарлық пенен жер силкиниўине қарсы турыў ушын дийўал астына қум төселген.

Жергиликли халық Шылпықтың пайда болыўын əпсанадағы дəўлер менен байланыстырады. Шылпық аймағынан ислам динине шекемги болған жерлеў мəресимлерине тəн естеликлер табылған. Илимпазлардың пикиринше, Шылпық отқа сыйыныўшылардың денелерин алып келип қоятуғын арнаўлы орын ўазыйпасын атқарған.


 

IX-X əсирлерде, əййемги Хорезмниң раўажланған ўақытларында ол қайта оңланған. Хорезмлилер Шылпықтан Хорезишахлар мəмлекетиниң басқа қалалары менен бир қатарда хабар жеткериў ҳəм қорғаныў имараты сыпатында пайдаланған. Ол өз ўақтында мəўсимлер алмасыўы, Әмиўдəрья суўының тасыўы ҳəм қайтыў сыяқлы дийқаншылық ушын оғада əҳмийетли өзгерислерди алдын ала астрономиялық жақтан бақлаў ҳəм календарь хызметин жүргизиў орны болған деген пикирлерде бар.

 



Инамжан Турсынбаев

Әмиўдəрья раойны 41-санлы мектептиң тарийх пəни оқытыўшысы