2020-жылдың 15-октябрь сəнесинен
баслап мəмлекетлик МШБШлерине қабыллаў ушын талапнамаларды электрон түрде
жибериў системасы қайта иске түсти.
Системаға келип түскен жолланбалар электрон генерация жəрдеминде исленгеннен кейин
төмендегилерди орынлаў керек болады:
Мəмлекетлик хызметлер
орайынан жолланбаны алыў. Талапнаманы my.gov.uz порталы арқалы жиберген
ата-аналар Мəмлекетлик хызметлер орайына бармастан, жолланбаны принтер арқалы
басып шығарып алыўына болады;
Жолланбаны 15 күн
даўамында МШБШне берип, баланы қабыллаўды рəсмийлестириўи талап етиледи.
Белгиленген 15 күн өткеннен кейин жолланбаның мүддети бийкар етиледи.