22.12.2024, Екшемби

Келеси оқыў жылынан баслап тек ғана мəмлекетлик грант тийкарындағы көрсеткишлер белгиленеди


Келеси оқыў жылынан баслап тек ғана мəмлекетлик грант тийкарындағы көрсеткишлер белгиленеди. Төлемли контракт бойынша қабыллаў квоталарын жоқары оқыў орынлары өзлери еркин белгилейди.

Президент қарарына муўапық , Жоқары ҳəм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тəрепинен мəпдар министрлик ҳəм мəкемелер менен биргеликте 2020-жылдың 1-декабрь сəнесине шекем:

жоқары билимлендириў мəкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мəмлекетлик буюртпасы параметрлеринде тек ғана мəмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлерин белгилеў;

Төлемли контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерин жоқары билимлендириў мəкемелери тəрепинен еркин белгилеў. Бунда, төлемли контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери Ɵзбекстан Республикасы Жоқары ҳəм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тəрепинен белгиленген муғдардан кем болмаўы керек; 

қəбилиетли студентдлерди мəмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде де мəмлекетлик грант тийкарында оқытыў;

 

Айрықша уқып талап етилетуғын билимлендириў тараўларының бакалавриат тəлим бағдарларына оқыўға қабыл етиў ушын дөретиўшилик имтиханлары менен биргеликте мəжбүрий үш – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ), математика ҳəм Ɵзбекстан тарийхы пəнлери бойынша тест сынақларын тапсырыў тəртибин енгизиў бойынша Ҳүкиметке тийкарланған усынысларды киргизеди.