22.12.2024, Екшемби

СУД ҲҮКИМИ ОҚЫЛДЫ

2020-жыл 18-май күнинен баслап Бозатаў районлық Бәндликке көмеклесиў орайы директоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы лаўазымында ислеп келген И.Б. усы орайда “Мәмлекетлик мийнет инспекторы” болып ислеўши М.С.ны лаўазымынан босатып, басқа лаўазымға өткериў есесине 2.000.000 сўм пул талап еткен.

Келисилген ўақытта яғный, 2020-жыл 22-июнь күни И.Б. орайда қәниге болып ислеўши Р.Б. арқалы 1.500.000 сўм пулларды алады ҳәм қалған 500.000 сўм пулларды 2020-жыл 2-июль күни М.С.дан пара сыпатында алып атырған ўақтында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен усланған.
2020-жыл 7-октябрь күни Жынаят ислери бойынша Кегейли районында болып өткен ашық көшпели суд мәжлисинде судланыўшы И.Б.ныӊ иси көрип шығылды.
Суд ҳукимине муўапық, И.Б. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 210-статьясы 2-бөлими менен айыпкер деп табылды ҳәм Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 45-статьясы менен 3 жыл мүддетке мәмлекет қатнасындағы көрхана және шөлкемлерде жоқары ҳәм материаллық жуўапкер лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырыў ҳәм 5 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

 

Жынаят ислер бойынша Кегейли районы суды судясы А.Ж.Аметов