«Халықты исбилерменликке тартыў
системасын жетилистириў ҳəм исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қосымша
ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл
15-ноябрьден баслап жаслар ҳəм ҳаял-қызларды кəсип-өнер ҳəм исбилерменлик
көнликпелерине оқытыўды мəмлекет тəрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тəртиплери
енгизиледи:
Исбилерменликти раўажландырыў
агентлиги менен Бизнес ҳəм исбилерменлик жоқары мектеби тəрепинен
шөлкемлестирилген оқыў курсларын тамамлаған ҳəр бир питкериўши ушын кəсип-өнер
ҳəм исбилерменликке оқытыў бойынша мəмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине
жумсалған қəрежетлердиң 70 проценти, бирақ ҳəр бир питкериўшиге 1 миллион
сумнан аслам болмаған муғдары мəмлекет тəрепинен компенсацияланады;
-бул курсларды табыслы тамамлап,
сертификат алған шахсларға өз бизнесин шөлкемлестириў ушын микрокредит
ажыратылады.
«Микрокредитбанк»
АКБ тəрепинен мəмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери арнаўлы сертификатын
алған:
-исбилерменлик
басламасына ийе болған физикалық шахслар, соның ишинде, жаслар ҳəм
ҳаял-қызларға өз бизнесин шөлкемлестириў ушын 33 миллион сумға шекемги болған
микрокредитлер тəмийнатсыз ажыратылады;
-микрофирма ҳəм киши
кəрхана шөлкемлестирилген шахсларға үшинши шахс кепиллиги, қамсызландырыў
полислери, кредит есабынан сатып алынып атырған мал-мүлклердиң гиреўи, исбилерменликти
қоллап-қуўатлаў мəмлекетлик фондының кепиллиги тийкарында 225 миллион сумға
шекем микрокредитлер ажыратылады.
Бунда микрокредитлер 3
жыл мүддетке шекем 6 айлы жеңиллиетилген дəўир менен Орайлық банктиң тийкарғы
ставкасынан ажыратылады.
Қарарға муўапық,
Тиклениў ҳəм раўажланыў қоры тəрепинен жаслар ҳəм ҳаял-қызларды кəсип-өнер ҳəм исбилерменлик көнликпелерине оқытыў арқалы
исбилерменликти жолға қойыў мақсетлерине 100 миллион АҚШ доллар эквивалентинде
қаржы ажыратылады.
2021-жылдың
1-январь сəнесинен исбилерменликке оқытыўдың бирден-бир системасы иске
қосылады.
2021-жылдың
1-январына шекем «Микрокредитбанк» АКБтиң халықты, əсиресе, жаслар ҳəм
ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў бойынша жаңа бизнес модели ислеп
шығылады.
-Исбилерменликти
раўажландырыў агентлиги халықтың исбилерменлик пенен шуғылланыўын
қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, оларды оқытыў, микрокредит ажыратыў бойынша
муўапықластырыў бағдарында ўəкилликли мəмлекетлик уйым етип белгиленди