22.12.2024, Екшемби

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ТӘЖИКСТАН ПРЕЗИДЕНТИН САЙЛАЎДА ЕРИСКЕН ЖЕҢИСИ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАДЫ


Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан жетекшисин күни кеше болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қутлықлап, оған дос тәжик халқының раўажланыўы ҳәм тынышлығы жолындағы жумысында үлкен табыслар тиледи.

Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан-Тәжикстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекет басшылары арасында ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў, Ҳүкиметлераралық комиcсия қарарларын орынлаў және болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ушын жаңа күн тәртибин ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Президентлер Қазақстан Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекет басшыларының Қырғыз Республикасындағы жағдай бойынша биргеликли билдириўи қабыл етилгенлигин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекетлеримиз арасындағы узақ мүддетли ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға еки тәрептиң де умтылысы исенимли екенлиги атап өтилди.

Сәўбетлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын, ашық-айдын ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА