Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен «Ана тили – миллет мақтанышы» атамасында илаж болып өтти.
Онда атап өтилгениндей, тил
халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет және дәстүрлерин өзинде жәмлеген
бийбаҳа байлық болып есапланады. Ана тили мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, руўхый
жақтан раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын қәдириятлардан бири
болып табылады.
Сонлықтан да, ғәрезсизликтиң
дәслепки жылларынан баслап ана тилимизди раўажландырыўға, оны және де байытыўға
ҳәм таза ҳалында келешек әўладларға жеткериўге айрықша итибар қаратылып, бул
бағдарда энциклопедия ҳәм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў-қолланбаларын баспадан
шығарыў сыяқлы ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Бүгинги глобалласыў дәўиринде
миллий өзликти аңлаў, миллеттиң айнасы болған ана тилди таза ҳәм қәстерлеп
сақлаў әҳмийетли мәселе болып бармақта. Соның ушын республикамызда тилден
пайдаланыўды жетилистириў, сөзлик байлығын раўажландырыў, басқа тиллерден кирип
келген сөзлерди тәртиплестириў, олардың өзимиздиң тилимизде бар сыңарларын
қолланыў бағдарындағы жумысларды және де жетилистириў керек. Усы мақсетте
октябрь айы өзбек ҳәм қарақалпақ тиллери пән айлығы деп жәрияланып, орынларда
усыған байланыслы илажлар шөлкемлестирилмекте.
Усы сәне мүнәсибети менен
республикамыздың барлық билимлендириў орынларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик
шөлкемлерде сәне мүнәсибети менен ушырасыўлар, конференциялар ҳәм концерт
бағдарламалары өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги