22.12.2024, Екшемби

Жақын ағайин-туўысқанлардың бир мәмлекетлик кәрханада бирге ислеўи қадаған етилген бе?


Мийнет кодексине муўапық, өз ара жақын ағайин-туўысқан ямаса қуда-қудағай болған адамлардың (ата-аналар, ағалы-инили, апалы-сиңлилер, ул ҳәм қызлар, ерли-зайыплар, сондай-ақ, ерли-зайыплының ата-аналары, аға-инилери, апа-сиңлилери ҳәм балалары), егер де олардың бири екиншисине тиккелей бойсынып ямаса оның қадағалаўы астында хызмет ететуғын болса, бир мәмлекетлик кәрханада бирге хызмет етиўи қадаған етиледи. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

 Буған қосымша, өз ара жақын ағайин-туўысқанлардың бирге хызмет етиўи мүмкин болған хызметкерлер дизими де болып, дизим менен төменде танысып шығыўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.