Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында
Қарақалпақстан республикасын раўажландырыўдың 10 баслы жөнелислерин белгилеп
берген еди. Усы тийкарда Қараөзек районыны халқының ишимлик суўға болған
мүтəжлигин есапқа алып, тийисли Министрликлерге ўазыпалар белгилеп берилди.
Ҳəзир ўақытта районда ишимлик суўы тартылмаған, тозыўы жеткен суў тармаклары
жаңадан өзгертилип, қазыў ҳəм суў тармақларын тартыў жумыслары баслап жиберилди.
Бул жумыслар Қарақалпақстан суў тəмийнаты ЖШЖ Қараөзек районы филиалы тəрепинен
“Ғəрезсизлик МПЖ” аймағындағы “Бердақ” көшесинде, алып барылмақта. Келешекте
бул қайырлы ислер нəтийжесинде аймақтың 60 тан аслам шаңарақлары таза ишимлик суўы
менен тəмийнленеди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети