Қәдирли муғаллимлер ҳәм устазлар!
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
жәмәәти бәрше устаз ҳәм муғаллимлерди «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар
күни» улыўмахалықлық байрамы менен қызғын қутлықлайды.
Ҳүрметли Президентимиздиң атап ѳткениндей,
“Барлығымыз жақсы түсинемиз, тәлим-тәрбия – ҳәр қайсы мәмлекеттиң ҳәм
жәмийеттиң тек ғана бүгинги емес, ал ертенги күнин де шешетуғын ең әҳмийетли
ҳәм тийкарғы мәселе болып есапланады” деген терең мазмунлы пикири Сизлердиң
машақатлы мийнетиңизге берилген айрықша баҳа деп есаплаймыз.
Ҳақыйқатында да, биз бүгин заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет
тиллерин пуқта ийелеп, келешекке үлкен үмит ҳәм исеним менен қәдем қойып
атырған, ертеңги күнимиздиң шешиўши күши болған перзентлеримиздиң кәмалында
устазларымыздың шексиз үлеси бар екенлигин айрықша атап өтемиз ҳәмде Сизлердиң
бул уллы хызметиңизди жоқары баҳалаймыз.
Бәршеңизди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап,
бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, перзент тәрбиясындай
машақатлы, жуўапкерли, әдиўли ҳәм ийгиликли ислериңизде талмас күш-жигер,
тасқын табыслар тилеймиз!
Ҳүрмет пенен, К.Артыков
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы