22.12.2024, Екшемби

Сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формаларында контрактта оқыйтуғын студентлерге 10 процентлик шегирме берилмейди. Не ушын?

Быйыл пандемия себепли күндизги билимлендириў формасында студентлердиң төлемли контрактына 10 процентлик шегирме берилиўи ҳаққында хабар берилген еди. Усы орында не ушын сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формалары ушын бундай жеңиллик берилмеди, деген сораў көпшиликти қызықтырмақта. Сораўға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы А.Холиқов төмендегише жуўап берди:

 

– Сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формаларында ямаса екинши қәнигеликте оқып атырған студентлерде оқыўдан тысқары жумыс ислеў имканияты бар. Пандемия шараятында тийкарғы машқала күндизги билимлендириў формасында оқып атырған студентлерде жүзеге келмекте. Биз усы категориядағы студентлерге имканият жаратыў мақсетинде күндизги билимлендириў формасына 2020-2021-оқыў жылы ушын төлемли контрактти 10 процентке қысқарттық. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары тәрепинен жетим, толық жетим, майыплығы болған және социаллық қорғаўға мүтәж болған, «темир дәптер» дизиминдеги шаңарақ перзенти болған студентлерге контракт төлемлерин қаплаў ушын мәнзилли материаллық жәрдем көрсетиледи. Бунда жоқары оқыў орынлары бар болған қаржылары есабынан студентлердиң социаллық жағдайынан келип шығып, 4 миллион сумға шекем қаржылай жәрдем көрсетиў имканиятына ийе болады, – деди А.Холиқов.

 

Еслетип өтемиз, берилип атырған бул жеңилликлер мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың студентлерине тийисли емес.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.