22.12.2024, Екшемби

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы


Халқымыз арасында «Имаратлар ишиндеги ең уллысы мектеп болса, кәсиплердиң ишиндеги ең уллысы устазлық» деген даналық гәп бар. Елимизде 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни. Бул сәне ҳәр биримиз ушын әзиз, әдиўли, мудамы ҳүрметте болған устаз ҳәм муғаллимлеримиз, соның менен бирге, гүллән халқымыз ушын шын мәнисиндеги байрам болып есапланады.

 

Президентимиз бул кәсиптин уллылығын және бир мәрте атап өтип: «Ҳақыйқаттан да, өзиниң көз нурын, жүрек жылыўын, пүткил барлығын жас әўладтың тәрбиясына бағышлайтуғын оқытыўшы ҳәм устазлардың мийнети, мәртлиги ҳәр қандай жоқары баҳаларға мүнәсип», — деген еди байрам мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында.

 

Бүгингидей жедел пәтлер менен раўажланып баратырған дәўирде елимизде барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўы, соның ишинде, жоқары билимлендириўди раўажландырыўға, реформаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

 

Инсан тәрбиясы ҳәм оның кәмилликке жетиўинде устаз тәрбиясының орны айрықша. Быйыл дүнья жүзинде кең тарқалған коронавирус пандемиясы шараятында оқыў процесиниң онлайн форматта алып барылыўы билимлендириў тараўы ушын үлкен сынақ болды. Соған қарамастан, пидайы ҳәм жанкүйер оқытыўшыларымыз тәрепинен үзликсиз билимлендириў жедел ҳәм нәтийжели түрде даўам еттирилмекте.

 

Тараўда жемисли мийнет етип атырған оқытыўшылардың мийнетин мүнәсип баҳалаў, олардың мийнет ҳақысы ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў бойынша үлкен тарийхый өзгерислер әмелге асырылмақта.

 

Бул болса билимлендириў процесиниң сапалық жақтан жоқарылаўына, оқытыўшыларымыздың өз үстинде мудамы изленип, келешек әўладларға мүнәсип тәлим-тәрбия бериўи ушын тийкар жаратпақта.

 

Жоқары билимлендириў тараўындағы реформалар ҳаққында сөз етер екенбиз, жасларды жоқары билимлендириўге кеңнен қамтыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтиў орынлы болады. Соңғы жыллары елимизде жоқары оқыў орынларының саны 125 ке жетип, соннан 94 и мәмлекетлик, 9 ы мәмлекетлик емес, ал 22 си сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың филиаллары болып есапланады. Жасларымызды жоқары билимлендириўге қамтып алыў көрсеткиши алдынғы жыллары 9 процент болған болса, ҳәзирги ўақытта бул көрсеткиш 20 проценттен өтип кетти. Жақын жыллар ишинде бул бағдардағы көрсеткишлер 25 процентке шекем көтерилиўи жобаластырылмақта.

 

Пикиримиздиң дәлили сыпатында, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2018-2019-оқыў жылында 14 676, 2019-2020-оқыў жылында 19 356, 2020-2021-оқыў жылында 33 216 абитуриенттиң ҳүжжет тапсырғаны, институтымызға өткен оқыў жылында бакалавриаттың күндизги билимлендириў формасына 1840 студент қабыл етилгенлиги, ал быйылғы жылы бул көрсеткиш 2125 ке жеткенлигин атап өтиўимиз керек. Сондай-ақ, 2019-2020-оқыў жылында институмызға улыўма 19 қәнигелик бойынша 96 магистр қабыл етилген болса, быйылғы оқыў жылында 22 қәнигелик бойынша 110 магистр қабыллаўды жобаластырып отырмыз.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты республикамыздағы туңғыш жоқары оқыў орны болып табылады. Институтта 10 мыңнан аслам студентлер оқып атырған болса, оларға 500 ден аслам тәжирийбели профессор-оқытыўшылар илим-билим сырларын үйретип келмекте.

 

Институтымызда оқып, билим алғанлардан 5 «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳәм 6 академик жетисип шыққанлығы ҳәр биримиз ушын мақтаныш сезимлерин оятады.

 

Ҳәзирги ўақытта институтта руўхый-ағартыўшылық, оқыў, илимий-педагогикалық тараўларда нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырған болып, көплеген жетискенликлер қолға киргизилмекте. Баркәмал әўлад тәрбиясына қосқан мүнәсип үлеслери, елимизде илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўына хызмет еткен көплеген оқытыўшыларымыз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының жоқары дәрежедеги сыйлықларына мүнәсип көрилмекте.

 

Быйылғы жылы Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллығы мүнәсибети менен Президент Пәрманы тийкарында институтымыздың музыкалық тәлим кафедрасының доценти Айгүл Надырова «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.

 

«Бүгинги күнниң оқытыўшысы универсал қәниге, ҳәм үйретиўши, ҳәм үйрениўши болыўы, яғный өз үстинде тынымсыз ислеўи, бәрқулла изленип жасаўы керек», — деп айтып өткен еди мәмлекетимиз басшысы. Оқытыўшыларға мүнәсип мийнет шараятын жаратып бериў, жоқары билимлендириў системасында материаллық-техникалық базаны беккемлеў мақсетинде Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаңа оқыў имаратының қурылыс жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте.

 

Перзентлеримиз тәрбиясы менен шуғылланатуғын мектепке шекемги билимлендириў тараўынан баслап үзликсиз билимлендириўдиң барлық басқышларына жоқары маманлыққа ийе педагог кадрларды таярлаўда институтымыздың орны ҳәм әҳмийети жоқары болмақта.

 

Ҳәр бир инсан қандай жетискенликке ерискен болса, оның артында, әлбетте, устаз ҳәм муғаллимлердиң берген тәлим-тәрбиясы турған болады.

 

Солай екен, мақтанышлы ҳәм уллы кәсип ийелери болған оқытыўшы, муғаллим, устаз ҳәм тәрбияшыларымызды 1-окятбрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы менен қутлықлаймыз.

 

Жумысларыңызға табыс, өзлериңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық, қут-берекет тилеймиз!

 

Байрам Отемуратов,

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры.